Валюта қунлылықлары саўдасы менен шуғылланып келген шахслар усланды
253

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қанлыкөл районы бөлими ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда валюта алмастырыў менен шуғылланып келген пуқара Д.Н. пуқара А.А.дан жәми 5 000 АҚШ долларын 63 млн сумға сатып алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 177-статьясы (валюта қунлылықларын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги