Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қанлыкөл районы бөлими ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда валюта алмастырыў менен шуғылланып келген пуқара Д.Н. пуқара А.А.дан жәми 5 000 АҚШ долларын 63 млн сумға сатып алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 177-статьясы (валюта қунлылықларын нызамға қайшы түрде алыў ямаса өткериў) менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги