Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп ҳәм оның филиалларына бир ўақыттың өзинде ҳүжжет тапсырыў мүмкин бе?

Ҳәзирги күнде Ташкент қаласында жайласқан Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы таяныш қәнигелестирилген мектептиң Нөкис, Әндижан, Бухара, Ферғана, Гүлистан, Жиззақ, Самарқанд ҳәм Ургенш қалаларында филиаллары бар. Басқышпа-басқыш қалған аймақларда да усы мектептиң филиаллары шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Талабан бир ўақыттың өзинде Муҳаммед ал-Хорезмий таяныш қәнигелестирилген мектебине ҳәм оның аймақлардағы филиалларына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин бе?
Бул сораў бойынша Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Жўрабек Жангиров төмендегилерди мәлим етти:
– Талабан Ташкент қаласындағы Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы таяныш қәнигелестирилген мектебине яки өз аймағындағы усы мектептиң филиалына ҳүжжет тапсырыўы мүмкин. Мектепке ҳүжжетлер қабыллаў усы жылдың 20-июнине шекем даўам етеди.
Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, филиалларға да оқыўшылар таяныш мектеп ушын белгиленген тәртип тийкарында таңлап алынады. Оқыўшылар ушын аутсоринг тийкарында белгиленген тәртипте бийпул саламат аўқатландырыў шөлкемлестириледи.
ӨзА