Мәҳәлле баслықларына хызмет гүўалықлары тапсырылды

195

Қараөзек районы ҳәкимлиги мәжилислер залында район аймағында жақында сайланған 13 өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларына рәсмий түрде хызмет гүўалығы ҳәм көкирек белгисин тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Мәресимде район ҳәкими жаңадан сайланған мәкан пуқаралар жыйынлары басшыларына өз ўазыйпаларын пидайылық пенен атқарыў, халықтың машқалаларын үйренип, оларды шешиўде нәтийжели жумыс алып барыўы зәрүрлигин атап өтти.

Өз гезегинде, мәҳәлле баслықлары көрсетилип атырған жоқары итибар ушын мәмлекетимиз басшысына ҳәм район ҳәкимлигине терең миннетдаршылық билдирди.

Сондай-ақ, илажда мәҳәлле баслықларының нәтийжели жумыс алып барыўы ҳәм оларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде мобиль планшетлерде тапсырылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы