Халықтың турмыс сапасы арттырылмақта

266

Елликқала районында Басламалы бюджет бағдарламасының 2025-жыл биринши мәўсими шеңберинде улыўма узынлығы 5 километрге шамалас болған жоллар жаңадан асфальт қапламасы менен тәмийинленди. Бул баслама мәҳәллелер турғынлары ушын ҳәрекетти бир қанша жеңиллестирди ҳәм транспорт қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Оңланған жоллар қатарында Қырыққызабад аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан “Усман Насыр” көшесиниң 2 километр 530 метр бөлеги айрықша итибарға ылайық. Сондай-ақ, Киши Гүлдирсин мәҳәллеси аймағындағы “Наўайы,” “Мустақиллик” ҳәм “Киши Гүлдирсин” көшелери бойлап жәми 2 километр 342 метр жол оңланды. Бул көшелер халықтың күнделикли ҳәрекетинде үлкен әҳмийетке ийе болып, жолларда аңсат ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўди тәмийинлейди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Басламалы бюджеттиң тийкарғы идеясы – жергиликли халықтың өз талаплары тийкарында жойбарларды таңлап алыўы ҳәм оларды әмелге асырыўда тиккелей қатнасыўы. Бул болса жергиликли басқарыўда ашық-айдынлықты арттырады, пуқаралық белсендилигин күшейтип, халық пенен қарым-қатнасты нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Бундай жойбарлар тек ғана орынлардағы инфраструктураны жақсылап қоймастан, ал халықтың турмыс сапасын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан хабар агентлиги