Халық аралық дайжест

Microsoftʼтың тийкарын салыўшысы Билл Гейтс байлығының тийкарғы бөлегин кейинги 20 жыл ишинде Африкада денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў хызметлерин жақсылаўға жумсаўды гөзлемекте.
Миллиардер Эфиопия пайтахты Аддис Абебада шығып сөйледи. Ол Африканың жас инновационерлерине континентте денсаўлықты сақлаўды жақсылаў ушын жасалма интеллектти (ЖИ) иске қосыўды усыныс еткен.
Гейтс фондының атап өтиўинше, Африка бойынша 3 тийкарғы ўазыйпа белгилеп алынған:
1) аналар ҳәм нәрестелер өлиминиң алдын алыў;
2) кейинги әўладтың қәўипли жуқпалы кеселликлерден азап шекпей өсиўин тәмийинлеў;
3) миллионлаған адамларды кәмбағаллықтан алып шығыў.
Украина делегациясы 2-июнь күни Стамбулдағы сөйлесиўлерде Россия тәрепине 500 ден аслам фамилияларды өз ишине алған излеўдеги балалар дизимин тапсырды.
Дизимде 2022-жылдың гүзинде Херсон ўәлаятындағы балалар үйинен Қырымға алып кетилген 50 ге шамалас бала бар. Усы балалар ишинде «Әдалатлы Россия» партиясы басшысы Сергей Мироновтың өмирлик жолдасы Инна Варламова тәрепинен алып кетилген Илья Вашченко ва Маргарита Прокопенко да бар. Шаңарақ 10 айлық депортация етилген қызды перзентликке алғаны айтылмақта.
Уллы Британия армиясы жаңа қорғаныў стратегиясы шеңберинде жаўынгерлик ҳәрекетлерге турақлы таярлық режимине өтпекте. Бул ҳаққында мәмлекеттиң бас министри Кир Стармерге сүйенип Euronews хабар берди.
Стармер қорғаныў қәрежетлери режесин усынған. Министр 12 жаңа суў асты кемеси ҳәм оқ-дәрилер ислеп шығарыўшы заводлар қурылысы ҳаққында да айтып өткен.
АҚШ миграция уйымлары 2025-жыл 28-май күни иммиграция сиясаты ҳәм шегара қадағалаўы бойынша киргизилген өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди.
Оған муўапық, АҚШ иммиграция сиясатының тийкарғы бағдарлары төмендегилерден ибарат:
шегараны нызамсыз кесип өтиў ҳәм нызамсыз жасаў ушын жуўапкершиликке тартыў;
АҚШ аймағында жынаят ислеген сырт ел пуқараларын жынайый жуўапкершиликке тартыў.
Америка Қурама Штатларына нызамлы түрде кирген, бирақ қалыў мүддетин ямаса нызамларды бузған шахслар қамаққа алыныўы, жәриймаға тартылыўы, визасынан айырылыўы ҳәм депортация етилиўи мүмкин. Қурама Штатларға кириў турақлы қадаған етилиўи мүмкин.
Австралиялы 34 жасар ҳаял 24 саат ишинде турникте тартылыў бойынша Гиннес рекордын орнатты. Оның айтыўынша, рекордты жаңалаўды оған күйеўи ҳәм тренер усыныс еткен екен. Ҳаялдың айтыўынша, ол дәслеп «бул имкансыз деп ойлап, күлип жиберген». Сол ўақыттағы рекорд бир күнде 4081 мәрте тартылыў еди. Бул рекордты 2021-жылы польшалы Паула Горло орнатқан.
АҚШта ислеп шығарылған iPhoneʼлардың баҳасы 3500 долларға шекем жетиўи мүмкин. Бул ҳаққында америкалы аналитик Ден Ивеске сүйенип CNN хабар берди.
Аналитик Wedbush Sеcurities финанслық хызметлер фирмасының технология изертлеўлер глобал басшысы есапланады. Ол iPhoneʼды АҚШта ислеп шығарыў Азиядағы арзан жумысшы күшинен бираз қымбатқа түсетуғынын айтпақта.
Оның қосымша етиўинше, iPhoneʼислеп шығарыўдың дерлик 90 проценти Қытайда әмелге асырылады. Смартфон бөлеклерин ислеп шығарыў ҳәм жыйнаў онлаған жыллар алдын Азияға көширилген. Бул ҳәрекет Appleʼди дүньядағы ең қымбат компаниялардан бирине айландырыўға ҳәм смартфонлар ислеп шығарыўшы жетекши болыўына алып келген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги