Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық химия олимпиадасы жуўмақланды

272

Билимлендириў тараўына көрсетилип атырған итибардың нәтийжесинде анық ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша Өзбекстанда халықаралық пән олимпиадаларын өткериў ибратлы дәстүрге айланды.

Бул болса оқыўшылардың билим алыўға болған умтылысы ҳәм қызығыўшылығын күшейтиў, олардың билимлерди өзлестириў дәрежесин сырт елли заманласлары менен салыстырыў ушын да өзине тән имканият болып есапланады.

Пайтахтымызда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги ҳәм Пән олимпиадалары орайы тәрепинен Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық химия олимпиадасы өткерилди. Билимлер жарысы дослық, ағартыўшылық, излениў, шеберлик байрамына айланды, десек асыра айтқан болмаймыз.

«Жаңа Өзбекстан» университетинде усы олимпиада жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Бул халықаралық билимлер жарысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги «Қәбилетли жаслар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген тийисли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымызда екинши мәрте өткерилмекте.

Олимпиадада дүньяның 13 мәмлекети – Саудия Арабстаны, Түркия, Әзербайжан, Монголия, Беларусь, Вьетнам, Россия, Грузия, Ҳиндстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан мәмлекетлеринен келген және Өзбекстан ўәкиллеринен ибарат жәми 115 (28 команда) оқыўшы-жаслар қатнасты.

Халықаралық олимпиаданың жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлеў мақсетинде төрешилер қурамына Түркия, Саудия Арабстаны, Россия, Беларусь ҳәм Англия сыяқлы сырт еллерден халықаралық олимпиадалар тараўында көп жыллық тәжирийбеге ҳәм жоқары потенциалға ийе эксперт-қәнигелер, сондай-ақ, Өзбекстаннан академиялық атаққа ийе профессорлар тартылды.

Олимпиада еки басқышта шөлкемлестирилип, биринши турда әмелий (лабораториялық) жумыс түринде тапсырмалар орынланған болса, екинши тур жазба жумыс (теориялық) түринде болып өтти.



Олимпиада шеңберинде оқыўшы-жаслар ушын халықаралық қәнигелердиң қатнасыўында бир қатар шеберлик сабақлары өткерилди.

Сондай-ақ, олимпиада қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларының тарийхый ҳәм мәдений объектлерине саяхатлар шөлкемлестирилди. Олар елимиздиң мәдений ҳәм ағартыўшылық мийрасы менен жақыннан танысты.

Бул олимпиада химия пәни бойынша усы жылдың июль айында өткерилетуғын Халықаралық химия олимпиадасына гезектеги таярлық басқышы болып хызмет етеди.

Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық химия олимпиадасының нәтийжелерине бола, 12 оқыўшы алтын, 24 оқыўшы гүмис, 33 қатнасыўшы бронза медалына ийе болды.

Салтанатлы илажда жеңимпазлар сыйлықланды.

Назокат Усмонова, ӨзА

Носиржон Ҳайдаров (сүўрет), ӨзАның хабаршылары