Кубок жеңимпазлары сыйлықланды

287

Тахтакөпир районында спорттың футбол ҳәм киши футбол түри бойынша жаслар арасында өткерилген «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими Ж.Адилов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими хызметкерлери, мәкеме, шөлкем басшылары ҳәм спортшы-жаслар қатнасты.

Сыйлықлаў кешесинде сөзге шыққанлар жеңимпазларды қутлықлап, бул илажлар аймақларда жаслардың саламатлығын арттырыў ҳәм оларды ғалаба түрде спортқа қамтыў мақсетинде өткерилип атырғанлығын атап өтти.

Мәресимде жеңимпаз командалар ҳәм ҳәр қыйлы номинациялар бойынша ең күшли деп табылған футболшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Илаж районлық Мәденият бөлими ҳәм республикамыз эстрада жулдызларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги