Екатеринбург қаласында III Халықаралық ҳаял-қызлар форумында қатнасты

Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетинде турақлы түрде ислейтуғын сенатор Г.Маруфова «Аўызбиршилик. Бирлик. Раўажланыў» сүрени астында Екатеринбург қаласында (Россия Федерациясында) болып өткен III Халықаралық ҳаял-қызлар форумында қатнасты.
Усы абырайлы халықаралық илажда 20 дан аслам сырт мәмлекеттен 5 мыңнан аслам ҳаял-қызлар қатнасты.
Форумның жалпы мәжилисинде сенатор өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимизде ҳәр жылы басшылық лаўазымларыгда жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлардың саны артып атырғанын айрықша атап өтип, Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенин ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў мәселесине мәмлекетлик сиясаты дәреэесинде қатнас жасаў ҳаққында пикир жүргизди.
Сондай-ақ, Халықаралық ҳаял-қызлар форумы шеңберинде сенатор Свердловск областының депутатлары, ҳүкимет ўәкиллери ҳәм исбилермен ҳаял-қызлары менен бир қатар ушырасыўлар өткерди. Оларда еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, хызметлер тараўында экспорт потенциалын кеңейтиў мәселелери додаланды, сондай-ақ, биргеликтеги илажларды өткериў бойынша дәсчлепки келисимлерге ерисилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги