Жолларда қолайлық жаратылып, қәўипсизлик тәмийинленбекте

Президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, халық ушын қәўипсиз ҳәм қолайлы жол шараятларын жаратыў, ең баслысы, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Нөкис қаласы аймағынан өтетуғын 95 В025 “Нөкис қаласы. – Д 232 автомобиль жолы (4 км) – Тақыятас суў бөлистиргиш” автомобиль жолының 5-7 километр аралығында асфальт қапламасында пайда болған кемшиликлерди сапластырыў жумыслары алып барылмақта. Бул процессте жол фрезасы жәрдеминде гөне қатлам кесип алынып, орнына жаңадан асфальт төселип атыр.

Оңлаў жумыслары Қаратаў Жоллардан турақлы пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен әмелге асырылып, оған жәми 6 арнаўлы техника ҳәм 12 жумысшы тартылған.
Бундай әмелий жумыслар жол ҳәрекети қатнасыўшыларына қолайлық жаратыў, транспорт қатнаўын қәўипсиз ҳәм үзликсиз тәмийинлеў, ең әҳмийетлиси, халықтың күнделикли турмысын жеңиллетиў ушын хызмет етери сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги