Авиақатнаўлардың көплиги, билетлердиң арзанлығы мақсетке муўапық

244

«Uzbekistan Airways» АЖ тәрепинен ҳәзирги ўақытта аймақларда ушырасыўлар шөлкемлестирилип, жолаўшылардың машқалаларына шешим табыў, хызметлердиң сапасын жақсылаў бойынша жумысларын жетилистириў мақсетинде халықтың пикир-усынысларын үйрениў жумыслары алып барылмақта. Усы мақсетте Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Uzbekistan Airways» АЖ басшылары тәрепинен гезектеги көшпели қабыллаў өткерилди.

Сораў-жуўап тәризинде болып өткен ушырасыўда Министрлер Кеңеси, Саўда-санаат палатасы, Туризм басқармасы, Жаслар ислери агентлиги жуўапкерлери, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, авиабилет сатыўшы агентликлер, туристлик компаниялар, исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери қатнасты.

Авиасатыўлар бойынша агентликлер ҳәм туристлик шөлкемлердиң ўәкиллери дүнья тәжирийбесине тийкарланып жетилисип барыўды талап ететуғын мәселелер бойынша өзлериниң көзқараслары менен ортақласты. Жолаўшы ҳәм жүк тасыў менен байланыслы басқа да мәселелер додаланды.  Жолаўшыларды тәшўишке салатуғын мәселелердиң көпшилиги өз орнында шешимин тапты. Қосымша үйренилиўи керек мүрәжатлар авиакомпанияның тийисли шөлкемлестириў бөлимлерине өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары «Uzbekistan Airways» АЖ топарына киретуғын «Silk Avia” авиакомпаниясы негизинде авиатасыўшылар ишки базарының раўажланыўы ҳаққында да толық мағлыўмат алды. Өзбекстан Республикасы ишиндеги авиақатнаўларды көбейтиў ҳәм пуқараларымыздың ҳаўа транспортында ҳәрекетлениўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў авиакомпанияның алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып есапланады.

Ушырасыўда қатнасыўшылар «Нөкис-Ақтаў», «Нөкис-Стамбул», «Ташкент-Төрткүл-Нөкис» ҳәм басқа да жөнелислер бойынша авиақатнаўларды жолға қойыў, онлайн билет сатып алыўдағы машқалалар, комнанияға жумысқа кириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги