Салыққа байланыслы мәселелер шешилмекте

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен аймақларда киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда олардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў мақсетинде исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилмекте.
Гезектеги ушырасыў Бозатаў районында өткерилди.
Жүзбе-жүз сөйлесиўде салық басқармасы ҳәм район басшылары, қәнигелери қатнасып, киши ҳәм орта бизнести буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда усы тармақ ўәкиллерине берилген жеңилликлер ҳәм салық жеңилликлери туўралы мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, салық уйымлары тәрепинен жасырын экономиканың алдын алыў, рәсмий емес исбилерменлик жумысын рәсмийлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтип, исбилерменлерге салық жеңилликлери ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Тыңланған мүрәжатлардың көпшилиги өз орнында шешилди. Қосымша үйрениў ҳәм талқылаў талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди ҳәм олардың орынланыўы қадағалаўға алынды.
Исбилерменлер менен ашық пикирлесиў илажлары орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги