Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў – дәўир талабы

238

Усы жылы 26-май күни Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында өткерилген жергиликли санаатты раўажландырыўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап өтилген мәселелер ҳәм алға қойылған ҳәр бир баслама елимиздиң экономикалық потенциалын буннан былай да арттырыўға, халқымыздың турмыс абаданлығын жақсылаўға қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады. Әсиресе, соның ишинде халықты социаллық қорғаўда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының сайлаўалды бағдарламасынан орын алған исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў,  мәмлекеттиң санаат потенциалын арттырыў ҳәм аймақларды турақлы раўажландырыў сыяқлы мақсетлеримиз, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген илажларда өз көринисин тапқанынан оғада қуўанышлымыз. Солардың арасында, әсиресе, бул мәжилисте Миллий брендлерди көбейтиў, барларын халықаралық дәрежеге алып шығыў бойынша да жаңа система енгизилетуғыны белгиленгенлиги айрықша әҳмийетке ийе

Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестирилип, бул компанияға бир қатар ўазыйпалар, соның ишинде, сырт елден бренд-менеджер, дизайнер, маркетолог, пиар-менеджерлерди алып келиў, халықаралық сертификатқа ийе, сапалы ҳәм сыртқы базарда бәсекиге шыдамлы болған кеминде 50 миллий өнимди таңлап алыў, оларға сапа белгисин берип, брендин дүньяға танытыў ушын үлкен үгит-нәсиятлаў кампаниясын әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленип атырғаны, жергиликли исбилерменлердиң өнимлери дүнья базарына шығыўына, бәсекиге түсиўине, ислеп шығарыўшылардың жуўапкершилигиниң және де артыўына, экспорт көлеминиң жоқарылаўына хызмет етеди.

Үйдеги өндиристен санаат басқышына өтиў мәселесине итибар қаратылып, жеке тәртиптеги исбилерменлерге 5 адамға шекем жумысшы алып, мебель ислеп шығарыўға рухсат берилип атырғаны, бул жумысты баслаў, кеңейтиў тилегинде жүрген жас исбилерменлерге 7 жылға 5 миллиард сумға шекем 18 процентлик кредит ажыратыў сыяқлы ийгиликли басламалар ортаға тасланғаны, биз жергиликли Кеңес депутатларын қуўандырмақта.

Себеби, халықты мине, усындай жаңалықлардан, жаратылып атырған имканиятлардан хабардар етиў ҳәм оларға ҳуқықый жәрдем көрсетиў тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады. Алдағы ўақытлары Президентимиздиң бул ийгиликли басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын аянбастан хызмет ете беремиз.

Г.Ешмурадова,

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги