Мол өним ушын агротехникалық илажларға үлкен әҳмийет қаратылмақта

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-марттағы «Халықтың жасайтуғын үйлеринде санаат усылында өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларында жаңа резервлерди иске қосыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Усы қарардың 10-бәнтине муўапық, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ҳәкимликлерге тийисли тапсырмалар берилген. Яғный, олар биргеликте дийқан хожалықлары ушын ажыратылған жер майданларында аймақлардың мүтәжлиги ушын зәрүр болған ҳәм экспортқа жарамлы егинлер, соның ишинде, палыз егинлери, собықлы, майлы ҳәм картошка егинлерин интенсив усылда егиўге айрықша итибар қаратыўы, таярлаўы, қайта ислеўи ҳәм экспорт етиўши кәрханаларды тартқан ҳалда жетистирилген таяр өнимди сатып алыўы, оны қайта ислеўи, сақлаўы, ишки ҳәм сыртқы базарларға жөнелтиўи бойынша илажларды шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленген.
Усы қарар ҳәм тийисли тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң Нөкис районы бөлими тәрепинен кластер, фермер ҳәм дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң атызларында зыянкеслер менен кеселликлерге қарсы турақлы түрде мониторинг өткерилип келинбекте.

– Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, зыянкеслерге қарсы нәтийжели агротехнологиялық илажлар алып барылмаса, пүткил дүнья жүзинде аўыл хожалығында жетистирилген өнимлердиң 20 проценттен 40 процентке шекемги муғдары өсимлик зыянкеслери ақыбетинде зыянланыўы ҳәм жарамсыз ҳалға келиўи мүмкин екен. Соның ушын, аўыл хожалығында сапалы, фитосанитариялық таза, зыянланбаған егинлерди жетистириў, өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлерине қарсы турақлы гүресиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли есапланады,-дейди Фитосанитариялық қадағалаў ҳәм мониторинг бөлиминиң баслығы Айдос Елмуратов.
Быйылғы мәўсимде республикамызда ғәлле жетистириў ушын оғада қолайлы ҳаўа-райы бақланды. Буннан өнимли пайдаланған ҳәр бир фермер ҳәм кластер өз алдына ғәлледен жоқары ҳәм сапалы зүрәәт жетистириўди мақсет етип қойған. Унамлы нәтийжеге ерисиў ушын, әлбетте. ғәлле тәрбиясында агротехникалық илажларды өз ўақтында өткериў ҳәм бар ресурслар, минерал ҳәм жергиликли төгинлер және суўдан өнимли пайдаланыў керек болады.
Сондай-ақ, апрель-май айларында жабайы шөплер, кеселликлер ҳәм зыянкеслердиң ғәлле майданларын зыянлайтуғынын есапқа алып, оларға қарсы гүресиў илажларын көриў ҳәм турақлы бақлаў талап етиледи. Кери жағдайда бул илажлардың кешиктирилиўи жетистирилип атырған дәнниң сапасы ҳәм зүрәәтлигиниң кескин төменлеўине алып келеди.
Ғәлле майданларында сары ҳәм қоңыр зәң ҳәм басқа да кеселликлер, бир жыллық еки пәлекли, көп жыллық еки пәлекли жабайы шөплер, масақлы жабайы шөплер, зыянлы ҳасыўа, жабысқақ қурт, шире, трипс ҳәм басқа да зыянкеслердиң тарқалыўының алдын алыў және зыянлы организмлер бақланатуғын майданларда оларға қарсы зәрүр гүресиў илажларын шөлкемлестириў мақсетинде Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги тәрепинен жәрияланған “Әҳмийетли 40 күнлик” илажының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикадағы ғәлле майданларында зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы турақлы түрде мониторинг илажлары өткерилмекте.
Усы күнге шекем республикамыз бойлап ғәлле майданларында агротехникалық илажларды, азықландырыў, суспензия, төгин жибериў ҳәм химиялық қайта ислеў илажларын өз ўақтында сапалы өткериўге арналған 36 оқыў семинары өткерилген. Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги