Ата-бабаларымыздың  мәртлиги мәңги жасайды

565

9-май–«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен Қараөзек  районындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданында байрам илажы болып өтти.

Илажда район ҳәкими Анвар Баймуратов жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, урыс майданларынан қайтпаған, усы тыныш заман күнлерге жетип келе алмаған әзиз инсанларды еске алды ҳәм мийнет фронтында қатнасқанларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Соңынан екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естеликлерине кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен гүлшеңберлер қойылып, оларға ҳүрмет көрсетилди.

Сондай-ақ, усы күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 9-май – «Еслеў ҳәм қәдирлеў» күнин мүнәсип өткериў, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаў жолында мәртлерше гүрескен пуқараларды улығлаў мақсетинде қабыл етилген қарары тийкарында, Қараөзек районы ҳәкими Анвар Баймуратов райондағы фронт артында мийнет еткен нураный аналарымызға юбилей медальлары менен ақшалай сыйлықларын салтанатлы түрде тапсырды.

Жасы үлкенлерге көрсетилип атырған бундай жоқары итибар,  халқымыздың жоқары мәнаўиятының айқын көриниси болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги