Миллий Олимпиада комитетиниң аймақлық бөлимлериниң жумысын жолға қойыўда қайсы мәмлекет тәжирийбеси қолланылады?

205

Елимизде Олимпиада ҳәрекетин жаңа басқышқа алып шығыўда аймақларда әмелге асырылатуғын жумыслардың орны шексиз.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-февраль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде тараўда ислениўи керек болған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Бул ўазыйпалардың орынланыўында нәтийжелиликке ерисиў мақсетинде Миллий Олимпиада комитети жанында аймақлық бөлимлердиң жумысы жолға қойылмақта. Спорт министрлиги ҳәм Миллий олимпиада комитети басшыларының қатнасыўында аймақлық бөлим ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда аймақларда Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыўға байланыслы тийкарғы ўазыйпалар, олардың орынланыўы ҳәм инфраструктуралық машқалалар көрип шығылды.

Додалаўлар процесинде аймақлардың жумысын күшейтиўде АҚШ, Қытай, Япония сыяқлы дүньяның жетекши мәмлекетлериниң алдынғы тәжирийбесин үйрениў, таллаў тийкарында анық бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қәбилетли жасларға өз қәбилетлерин көрсетиў ушын имканият жаратыў әҳмийетли екенин аңлаған ҳалда бәринен бурын, тренер ҳәм қәнигелердиң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў, оларда өз жумысына болған талапшаңлықты қәлиплестириў тараўдың раўажланыўына хызмет ететуғыны билдирилди.

Қызғын пикирлесиў барысында қәнигелер өз аймағында спорт инфраструктурасының бүгинги жағдайы, реже ҳәм мақсетлер индексине тоқтап өтти.

Ҳәр бир аймақлық бөлимниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде машқала ҳәм кемшиликлерди терең таллаў механизмлерин ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Т.Рўзиев, ӨзА