Кибержынаятқа қарсы гүресте әҳмийетли қәдем

315

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде исленетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын және де күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы қарарына қол қойылды.

Қарар менен кибержынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм оларды ашыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм бир қатар шөлкемлестириў-техникалық илажларды көриў белгиленди.

Пурви Покхаривал, Ҳиндстан Миллий криминалистика илимлери университети директоры, профессор:

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда исленип атырған жынаятлардың алдын алыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қарары мәмлекет пуқараларын кибер қәўиплерден қорғаў ушын өз ўақтында қабыл етилген әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Себеби дүньяда кибержынаятшылықтың өсиў тенденциясы бақланып атырған дәўирде Өзбекстанда да комплексли илажлар қабыллаў зәрүрлиги пайда болған еди.

Менде ең көп тәсир қалдырған зат, қарар менен банклер ҳәм төлем шөлкемлериниң банк есапларындағы қарыйдарлардың активлерин қорғаў мақсетинде жуўапкершилигин арттырыў бойынша шөлкемлестириў-техникалық илажлар белгиленгенлиги болып есапланады. Мениңше, бул мақсетли илажлар кибержынаятшылықтың ерте алдын алыўда көплеген мәмлекетлер ушын үлги болып хызмет етеди.

Чжан Ин, Пекин қәўипсизлик индустриясы аўқамының баслығы:

– Орайлық Азия мәмлекетлеринде кең көлемли санлы реформалар әмелге асырылмақта. Пәтлер ҳәр қыйлы болыўына қарамастан, бул пуқаралар ҳәм экономика ушын жаңа имканиятлар ашпақта. Бирақ, соның менен бирге, киберқәўиплер менен байланыслы қәўиплер де артып бармақта.

Өзбекстанда Қытай ҳәм регионның басқа мәмлекетлери сыяқлы соңғы бес жыл ишинде интернет арқалы исленген жынаятлар саны  он еседен аслам артқаны бақланбақта. Соның ушын Президент Шавкат Мирзиёевтиң кибержынаятшылыққа қарсы гүрести мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шығыў ҳәм бул бағдардағы ҳәрекетлерди жеделлестириў бойынша жақында қабыл еткен қарары әҳмийетли қәдем болды.

Халықтың санлы саўатлылығын арттырыўға қаратылған система енгизилиўи айрықша әҳмийетке ийе. Бул келешекте пуқараларды жаңа түрдеги кибержынаятлардан қорғаўдың ең нәтийжели усылларынан бири болып есапланады.

Аллан Фан (инвестор, Қытай) «St. Wonderful International Group Limited» ўәкили:

– Кибержынаятшылыққа қарсы гүрес бойынша қабыл етилген бул қарар мәмлекеттиң инвестициялық ҳәм туристлик имканиятына унамлы тәсир ететуғынын атап өтиў керек.

Тынышлық ҳәм татыўлық экономикалық турақлылықтың тийкары болып есапланады. Президент Шавкат Мирзиёевтиң ҳәрекети менен Өзбекстанда жаратылған тынышлық ҳәм турақлылық ишки ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда айрықша орын ийелейди. Себеби, инвесторлар бәрқулла өз капиталын турақлы, бизнес раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылған аймақларға қаратыўды абзал көреди. Бул болса, өз гезегинде, экономиканың өсиўин тәмийинлейди.

Давид Меликидзе, «Uzcard» компаниясының директоры:

– Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен кибержынаятшылыққа қарсы гүрести күшейтиў бойынша қабыл етилген бул қарар тараўдағы терең реформалар жолында гезектеги қәдем болды.

Биз төлем системасы операторы сыпатында бул басламаларды қоллап-қуўатлаймыз ҳәм бул бағдардағы жумысларда белсене қатнасып атырмыз. Соның ишинде, Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 13-май күнинен Ферғана ойпатлығында санлы саўатлылықты арттырыў бойынша кең көлемли кампанияны баслап атырмыз.

Сондай-ақ, халықтың хабардарлығын арттырыў бойынша Орайлық банк пенен биргеликте финанслық өнимлерди түсиниў ҳәм олардан қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған жойбарды әмелге асырмақтамыз.

Мәмлекет, бизнес ҳәм пуқаралық жәмийетиниң биргеликтеги ҳәрекетлери заманагөй қәўип-қәтерлерге шыдам бере алатуғын беккем санлы инфраструктураны жаратыўда әҳмийетли фактор болады.

Сандро Ртвеладзе «Ипотека банк» басқарма баслығы:

– Өзбекстан Президентиниң кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша қарарын қоллап-қуўатлаймыз.

Киберқәўипсизлик заманагөй жәмийет алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Барлық мәмлекетлик уйымлар, банклер, операторлар ҳәм төлем системаларының ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм халықтың санлы саўатлылығын арттырыў мүмкин.

Биз ҳәр жылы бир айды «Кибермәдениятты раўажландырыў айлығы» сыпатында өткериў басламасын қоллап-қуўатлаймыз. Бул кибержынаятлардың алдын алыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, мәлимлеме кампанияларын, соның ишинде, мақсетли онлайн реклама арқалы күшейтиў әҳмийетли, деп есаплаймыз. Апрель айында «Ипотека-банк ИИМ», Орайлық банк ҳәм ТВС менен биргеликте усы бағдарда кең көлемли реклама кампаниясын баслады.

Балалар ҳәм ата-аналарды санлы мәканда қорғаў басламасын әҳмийетли, деп есаплаймыз. Жас өспирим шахслар ушын банк есапларын ашыў бойынша анығырақ қағыйдалар енгизиў ҳәм ата-аналарды қәўип-қәтерлер, соның ишинде, балаларды «дроп» схемаларында ислетиў сыяқлы жағдайлар ҳаққында хабардар етиў идеясын қоллап-қуўатлаймыз. Усы мақсетте банк қосымшаларына антивирусты қорғаў ҳәм арнаўлы фильтрлер орнатыўға таярмыз.

Өзбекстанның Кибержынаятлар бойынша Будапешт конвенциясына қосылыўы басламасын қоллап-қуўатлаймыз. Бул санлы дәлиллер алмасыўының халықаралық каналларынан пайдаланыў имканиятын берип, трансшегаралық алдаўшылықты тергеўди тезлестиреди. Сондай-ақ, Ҳуқық қорғаў академиясы жанындағы Санлы тергеўлер орайын шөлкемлестириў идеясын қоллап-қуўатлаймыз. «Ипотека-банк» өз тәжирийбеси менен бөлисиў, соның ишинде, академияға жеке мағлыўматсыз транзакциялар, анықланған алдаўшылық жағдайлары ҳәм машиналы скоринг тәжирийбесин усыныўға таяр.

«Ипотека-банк» кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында белсене жумыс алып барады. Усы мақсетте банклер, финтех компаниялар ҳәм мобиль операторларды бир майданға жыйнаймыз. Буннан гөзленген мақсет – ең жақсы әмелиятларды усыныў, тәжирийбе алмасыў ҳәм кибер қәўиплерге қарсы нәтийжели шешимлерди биргеликте излеў.

ӨзА