«Жылдың ең жақсы ҳуқық муғаллимлери» анықланды

Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған “Жылдың ең жақсы ҳуқық муғаллимлери” таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға республика бойынша 10 мыңға шамалас “Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары” пәни муғаллимлери қатнасты.
Республикалық басқышқа қатнасқан 42 муғаллимнен 3 муғаллим таңлаў жеңимпазы болды. Сондай-ақ, “Ең жақсы шешен” ҳәм “Ең жақсы презентация” номинациялары бойынша 3 алдыңғы муғаллим де анықланды.
Таңлаўда биринши орынды Самарқанд ўәлаяты Жамбай районы 28-мектеп муғаллими Дилобар Одилова ийелеп, диплом ҳәм 30 миллион сум ақшалай сыйлықты қолға киргизди.
Екинши орын ийеси Бухара ўәлаяты Қараўылбазар районы 1-мектептиң муғаллими Меҳринисо Нороваға диплом ҳәм 20 миллион сум, үшинши орынды алған Қарақалпақстан Республикасы Шоманай районындағы 16-мектептиң оқыўшысы Азат Баймуратовқа диплом ҳәм 10 миллион сум ақшалай сыйлық тапсырылды.
Таңлаўдың басқа сыйлы орын ийелери де мүнәсип сыйлықланды.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы