Жас боксшилеримиз салтанатлы күтип алынды

370

17-апрель-1-май күнлери аралығында Иорданияның Амман қаласында бокс бойынша жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өткен еди.

Бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 15 алтын, 15 гүмис ҳәм 12 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Республикамыз жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, бул жарыста жас боксшилеримизден +80 кг салмақта Артур Кеңесбаев қола ҳәм -70 Улбосын Жалғасбаева гүмис медальларды қолға киргизип, халқымызды шексиз қуўанышқа бөлеген еди.

3-май күни усы жеңимпаз спортшыларым Нөкис халықаралық аэропортында республикамыз басшылары, бокс жанкүйерлери ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында салтанатлы түрде күтип алынды.

Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары, Өзбекстан бокс федерациясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Р.Сапарбаев, Спорт министри Е.Қутыбаевлар жас боксшилер менен олардың тренерлери ҳәм ата-аналарын пүткил халқымыз атынан қызғын қутлықлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди.

Илажда боксшилер өзлерине көрсетип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм хошамет ушын республикамыз басшыларына үлкен рахмет айтып, алдағы жарысларда буннан да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўге ўәде берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги