Мәҳәлле баслықларын сайлаў басланды

314

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң атап өткениндей бүгин барлық реформалар мәҳәлледе болмақта. Мәҳәллениң келбети өзгерип, адамларымыздың машқала ҳәм тәшўишлери сол аймақтың өзинде шешилмекте.

Усы көзкарастан, быйылғы мәҳәлле баслықларының сайлаўын жаңаша демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдынлық, пуқараларымыздың тилегин, ерк-ықрарын еркин билдириў принциплерине сәйкес түрде өткериў бойынша барлық күш ҳәм имканиятлар жумсалмақта. Атап айтқанда, елимизде усы жылдың басынан май-июль айларында өткерилетуғын мәҳәлле баслықлары сайлаўына қызғын таярлық жумыслары әмелге асырылып, Өзбекстан Республикасының «Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Оған бола, буннан былай пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети
5 жылға создырылды.

Ал, 2025-жылдың 21-февраль сәнесинде болса, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге жәрдемлесиў ҳаққында»ғы 123-санлы Президиум қарары қабыл етилди. Усы ҳүжжет пенен сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы шөлкемлестирилип, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң қарарлары менен сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Нөкис қаласы ҳәм районлық комиссиялар, сондай-ақ ҳәр бир мәҳәлледе сайлаўды өткериўге жәрдемлесиўши жумысшы топарлар дүзилди.

-Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилип атырған сайлаў илажларында жәми 142 мыңнан аслам ўәкиллердиң қатнасыўы күтилмекте,-дейди Өзбекстан Мәҳәллелери ассосациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары А.Пиримбетов.- Сондай-ақ, Мәҳәлле баслығын сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесслерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў бойынша Өзбекстан мәҳәллелер ассосациясы тәрепинен арнаўлы медиа-реже ислеп шығылды. Сайлаўды өткериў ҳәм онда пуқаралардың қатнасыў тәртиби бойынша рәсмий веб-сайт ҳәм аймақлық социаллық тармақларда күнделикли мағлыўматлар берип барылмақта. Мәҳәлле баслығын сайлаў май айының 1-сәнесинен баслап июль айына шекем даўам етеди.

Соның ишинде, 1-май күни Нөкис қаласы Наўқан бағ мәкан пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў илажы болып өтти.

Онда сайлаўды шөлкемлестириўши ҳәм өткериўши тийисли жумысшы топар ағзалары менен бирге 300 ден аслам аймақ турғынларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды жумысшы топардың баслығы А.Торекеева ашып берди ҳәм сайлаў тәртиби бойынша даўыс бериў жолы менен жыйналыс хаткери, президиум ағзалары ҳәм есап-санақ комиссиясының ағзалары тастыйықланды.

Буннан соң жыйналғанларға Наўқан бағ мәкан пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына талабанлардың өмир баяны ҳәм мийнет жолы таныстырылды.

Өз гезегинде, аймақ турғынлары талабанлардан мәҳәллениң келешектеги раўажланыўына байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды ҳәм Өзбекстан Республикасы “Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында”ғы нызамының 20-статьясында белгиленген талаплар бойынша даўыс бериўге рухсат берилди.

Сайлаўшылардың даўыс бериўи жуўмағында, есап-санақ комиссиясы берилген даўыслар саны бойынша өз баянламасын оқып еситтирди.

Ашық-айдынлық принципи тийкарында өткерилген Мәҳәлле баслығын сайлаў жуўмағына бола, Замира Жолдашовна Айтбаева Нөкис қаласы Наўқан бағ мәкан пуқаралар жыйынының баслығы етип сайланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы