Өзбекстан ҳәм Аўғанстан Әмиўдәрья суўын басқарыў бойынша шәртнамаға қол қойды

285

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги рәсмий делегациясының Аўғанстанға сапары шеңберинде суў ресурсларын басқарыў ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.

Мәселен, Балх ўәлаятының ҳәкими Ҳожи Муҳаммад Юсуф Вафо менен ушырасыўда саўда байланысларын раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт-импорт тәртибин әпиўайыластырыў, өсимликлер карантини бағдарында шериклик орнатыў, суў ресурсларынан турақлы ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў, Әмиўдәрья суў бассейнин биргеликте басқарыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Қоңсылас мәмлекет Аўыл хожалығы және Суў ҳәм энергетика министрликлери ўәкиллери менен болып өткен сөйлесиўлер жуўмағында өз-ара пайдалы бәнтлерден ибарат тийисли келисимге қол қойылды.

Бул ҳүжжет турмыслық суў дәреклери менен байланыслы бирге ислесиўди беккемлеў менен бирге Орайлық Азия регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў бойынша жуўапкершиликли қатнасларды алға қойыўға хызмет етеди.

Сапар етиў нәтийжелери республикамыздың регионаллық тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм экологиялық қәўипсизлик бағдарындағы сыртқы сиясатын әмелде сәўлелендиреди.

М.Сайфуллаев, ӨзА