Руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәмлекетлик тилди енгизиў бағдарындағы жумыслар додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде республикамызда жайласқан министрлик ҳәм оның жанындағы республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары системасындағы шөлкем ҳәм мәкемелерде руўхый-ағартыўшылық жумыслар, мәмлекетлик тилди енгизиў бағдарындағы жумыс үйрениў жуўмақлары бойынша мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, Аўыл хожалығы министриниң кеңесгөйи Е.Абдуалимов, Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслығы Т.Атамуратов, жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм министрлик хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасындағы шөлкем ҳәм мәкемелерде руўхый-ағартыўшылық жумыслар ҳәм мәмлекетлик тилди енгизиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, сондай-ақ, орынларда ушырасып атырған бир қатар машқалалар ҳәм оларды сапластырыў жоллары додаланды.
Соның менен бирге, аўыл хожалығы тараўында руўхый-ағартыўшылық жумысларды буннан былай да күшейтиў, хызметкерлерди миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, мәмлекетлик тилди үйрениў ҳәм енгизиўди хошаметлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
-Өткерилген илаж аўыл хожалығы тараўында руўхый-ағартыўшылық жумыслар ҳәм мәмлекетлик тилди енгизиў бағдарындағы жумысты және де нәтийжели шөлкемлестириў, хызметкерлердиң руўхый әдеп-икрамлылық дәрежесин арттырыў, миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаў ҳәм мәмлекетлик тил сиясатын беккемлеўге хызмет етеди,-дейди Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директордыӊ биринши орынбасары Ҳамза Абдижалиев.-Филиалымызда «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары нызамлары тийкарында жумыслар алып барылып, олардың әҳмийети студент-жасларға кеңнен түсиндирилмекте.
Илаж сораў-жуўаплар менен мазмунлы даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы