Қытай Аўғанстанды ШБШ саммитине мирәт етти

268

Рәсмий Пекин Аўғанстанды 2025-жылдың екинши ярымында Қытайда болып өтетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) саммитинде қатнасыўға мирәт етти, деп хабар бермекте “Дунё” МА хабаршысы.

Иранның «Mehr news» мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматына бола, Қытайдың Қабулдағы елшиси Чжао Цин мирәтнаманы жеткерип, Пекин еки тәреплеме байланысларды тереңлестириў тилегин атап өткен. Дипломаттың айтыўынша, Қытай жақын қоңсы сыпатында Аўғанстан менен конструктивлик сөйлесиўден мәпдар, әсиресе, ШБШның регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўдеги роли артып атырған бир шараятта.

Өз гезегинде, Аўғанстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Муҳаммад Найим өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин билдирип, турақлы шериклик ҳәр еки тәрепке де пайда келтиретуғынын атап өткен.

Еслетип өтемиз, Аўғанстан 2012-жылдан берли ШБШда бақлаўшы статусына ийе. 2025-жылғы саммитке мирәт етиў Аўғанстанның көп тәреплеме регионаллық бирге ислесиўге басқышпа-басқыш қайтыўы жолындағы әҳмийетли қәдем болыўы мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги