Ақмаңғытлы муғаллимлер кейинги басқышқа жол алды

348

 24-27-апрел күнлери Нөкис қаласында улыўма орта билим бериў мектеби муғаллимлери арасында «Кеўилли стартлар» телевизиялық спорт  ойынларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Жарысқа республикамыздың барлық аймақларынан командалар қатнасты ҳәм олар белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести. Кескин өткен беллесиўлер жуўмағында,  Нөкис районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеплердиң муғаллимлеринен дүзилген команда биринши орынды ийелеўге миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Шымбай ҳәм Мойнақ районы командалары жеңип алыўға миясар болды.

Өткерилген жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды. Ал, биринши орын ийеси «Ақмаңғыт» командасы жарыстың Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,      

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы