Европа Аўқамы Өзбекстанда 5 басламаны иске түсирди

Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы “Европа Аўқамының Өзбекстандағы пуқаралық жәмийети шөлкемлерин қоллап-қуўатлаў” басламасы шеңберинде бес жаңа пуқаралық жәмийети жойбарларын иске түсирди.
Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов ҳәм басқалар тәреплер арасындағы бирге ислесиў пуқаралық жәмийетиниң жумысында әҳмийетли екенин ҳәм бул басламалардың иске қосылыўы усы процессти қоллап-қуўатлаўға қаратылғанын атап өтти.
Атап өтилгениндей, улыўма баҳасы дерлик 2,9 миллион евроға тең болған бул басламалар Европа Аўқамы ҳәм оның бирге ислесиўши шөлкемлери тәрепинен биргеликте қаржыландырылмақта. Бул болса Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди. Жойбарлар пуқаралық жәмийетиниң сиясат бойынша сөйлесиўине қатнасыўы, гендер теңлиги, юридикалық ҳуқықлар менен имканиятларды кеңейтиў, медиа саўатлылық ҳәм санлы ҳуқықлар тараўларындағы үлесин беккемлеўге қаратылған.
– Бүгин илаж мүнәсибети менен шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдиремен, – деди Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов. – Өзбекстанда пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қаратылған 5 жойбардың презентациясы ҳақыйқатында да тарийхый ўақыя болып есапланады. 4-апрель күни Самарқандта Европа Аўқамы – Орайлық Азия биринши саммити өткерилди. Қысқа мүддетте ЕА қатнасыўшылары тәрепинен қол қойылған биргеликтеги декларацияның ең әҳмийетли бәнтлеринен бири – пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаўға ҳәм Орайлық Азия пуқаралық жәмийети институты форумына қаратылған бүгинги илажды шөлкемлестирди. Бундай басламалар тәреплер арасындағы байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтиў керек.
Илажда бул басламаларды әмелге асырыўдың әмелий әҳмийетине итибар қаратылды. Оған бола, пуқаралық жәмийетиниң белсендилигин күшейтиў ҳәм инклюзив раўажланыўды хошаметлеў мақсетинде ислеп шығылған бес баслама миллий қамтып алыў менен бир қатарда мақсетли аймақлық жумысларды да өз ишине алады. Жойбарлар Ташкент, Қарақалпақстан, Наманган, Самарқанд, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм басқа да аймақларда юридикалық ҳуқық ҳәм имканиятларды кеңейтиў, гендер теңлиги, жаслар ҳәм медиа саўатлылығы және санлы ҳуқықлар бойынша ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырылады.
Ҳәр бир жойбар Европа ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўши шөлкемлерин бирлестирип, жергиликли дәрежеде өзлестириўди күшейтеди ҳәм тараўлар арасындағы бирге ислесиўди хошаметлейди. Жойбарлар пуқаралық жәмийети белсендилериниң потенциалын арттырады, қорғаўға мүтәж топарларға жәрдем береди ҳәм пуқаралық жәмийети менен мәмлекетлик шөлкемлер арасында барлық дәрежеде бирге ислесиўди қоллап-қуўатлайды.

– Жақында болып өткен Европа Аўқамы – Орайлық Азия биринши саммитинде қәлиплескен әмелий процессти даўам еттирген ҳалда, бүгинги жойбарлардың иске қосылыўы Европа Аўқамының Өзбекстандағы пуқаралық жәмийетин раўажландырыў тәрепдары екенин және бир мәрте көрсетпекте. Бул жойбарлар пуқаралық белсендилер ушын әдил судлаў, гендер теңлиги, медиа ҳәм санлы ҳуқықлар тараўларында мазмунлы қатнасыў имканиятын жаратыў бойынша улыўма инсаныйлық умтылысымызды сәўлелендиреди, – деди Европа Аўқамының Өзбекстандағы елшиси Тойво Клаар.
Насиба Зиёдуллаева,
ӨзАның хабаршысы