Ушырасыўда билдирилген мүрәжатлар депутатлық қадағалаўға алынды

373

Төрткүл районындағы 2-санлы политехникумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ж.Сеттиев ҳәм районлық Кеңес депутатлары пуқаралар менен ушырасты.

Онда “Ибн Сино,” “Шодлик,” “Гулистон” мәҳәллелериниң жуўапкерлери, көше бийлери, белсендилери ҳәм жаслары және тийисли шөлкемлердиң хызметкерлери қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Ушырасыўда әмелге асырылған жумыслар бойынша есабат берилди.

Сондай-ақ, тийисли шөлкемлерге жиберилген депутатлық сораўларға берилген жуўаплар ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарары ҳәм “Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында”ғы пәрманы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен мүрәжатлар билдирилди.

Билдирилген мүрәжатлардың шешими бойынша депутатлық қадағалаў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги