Жеңимпаз спортшылар күтип алынды

7-13-апрел күнлери Түркияниң Алания қаласында 40 жас ҳәм оннан жоқары жастағылар арасында спорттың теннис түринен халықаралық турнир болып өткен еди.
Жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлесимиз Сағыйдулла Қутыбаев бас сыйлықты жеңип алыўға еристи. Ол финал беллесиўинде россиялы Денис Попов пенен беллесип, 6:2, 6:3 есабында жеңиске еристи.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында самбо ҳәм жаўынгерлик самбо бойынша өткерилген Азия-Океания чемпионатында елликқалалы палўанымыз Шахзада Азатова жаўынгерлик самбо бойынша барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медал ийеси болыўға миясар болды.
Бүгин бул спортшыларымыз Нөкис темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлиги басшылары, тренер-устазлар, ата-аналар ҳәм кең жәмәәтшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы күтип алынды.




Илажда Қарақалпақстан Республикасы спорт министри Еркинбай Қутыбаев жеңимпаз спортшылар ҳәм олардың тренерлерин қолға киргизген табысы менен қутлықлап, олардың алдағы жарысларда да жақсы табысларға ерисиўине тилеклеслик билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы