Миллий мәнаўиятымыз-жаслардың руўхый қорғаны

244

Миллий мәнаўиятымызды буннан былай да раўажландырыў, оны жасларымыздың санасына сиңдирип барыў, оларды китапқумарлыққа бағдарлаў мақсетинде, кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсият жумысларын алып баратуғын жумысшы топар ағзаларының қатнасыўында Қараөзек районында семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлими баслығы Т.Атамуратов ҳәм үгит-нәсият топары ағзалары Б. Султанов, Қ. Мәмбетов ҳәм басқалар тәрепинен дүньяда идеологиялық гүреслер даўам етип атырған, кибер ҳәм руўхый қәўиплер күн сайын күшейип баратырған ҳәзирги дәўирде балалар арасында үзликсиз тәлим-тәрбия жумысларын алып барыў, жаслар арасында миллетлераралық татыўлық, аўызбиршиликти беккемлеў, әсирлер даўамында қәлиплескен қәдириятларға әмел етип жасаўға үйретиў, жәмийеттеги унамсыз иллетлерге, қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў иммунитетин қәлиплестириў бүгинги күни ҳәр бир пуқараның әдиўли миннети екенлиги ҳаққында кең түрде айтып, семинар қатнасыўшыларының қызықтырған сораўларына жуўап берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги