Ийгиликли ислери еске алынды

Хожели районындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде мәмлекетлик ғайраткер Пиржан Халмуратовтың 100 жасқа толыўы мүнәсибети менен “Елдиң атын – ер шығарады” атлы илаж болып өтти.
Оған П.Халмуратов пенен бирге ислескен нуранийлар, жәмийетшилик ўәкиллери, перзентлери қатнасты.
Атап өтилгениндей, Пиржан Халмуратов 1925-жылдың 1-январында Коңырат районының Қанлыкөл аўылында (ҳәзирги «Киндик өзек» ширкетлер бирлеспеси) туўылған. 1932-1936-жыллары аўыллық баслаўыш мектепти, соңынан Қоңыраттағы орта мектептиң жетинши классын питкерип, Хожели пед.училищесинде билим алды. 1942-1946-жыллары Қоңырат районындағы мектеплерде муғаллим, директор болып иследи.
1950-жылы Ташкент юридика институтын питкерип, сол жылдың өзинде Қараөзек районына прокурор етип тайынланды. Арадан көп ўақыт өтпей-ақ Нөкис қаласының прокуроры, районлардың ирилениўине байланыслы Хожели районлар аралық прокуроры, Қарақалпақстан Ишки ислер министриниң орынбасары болып иследи. 1962-жылы Кегейли районлық партия комитетиниң биринши хаткери етип сайланды. 1973-жылы республика басшылары Пиржан Халмуратовты Хожели районына басшы етип бекитти. Оның тынымсыз мийнетлериниң арқасында Хожели районы социаллық-экономикалық жақтан ҳәр тәреплеме раўажланып, халықтың турмыс жағдайы әдеўир көтерилди. Районда ири қурылыслар қолға алынып, мектеплер, билим журтлардың имаратлары, мийманхана, ҳүкимет үйи, орайлық емлеўхана, байланыс үйи, көп қабатлы турақ жайлар салынды.
Илажда П.Халмуратов пенен бирге ислескен нуранийлар да шығып сөйлеп, ол ҳаққында жақсы пикирлерин билдирип, жасларға баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Илаж оқыўшылардың атқарыўындағы сахналық көринислер, аяқ ойынлар менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги