Қалайынша ерте турмысқа шығыў ҳәм ажырасыўлардың алдын аламыз?

Ҳаял-қызлар – перзент тәрбияшылары болыўы менен бирге, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда өзлериниң бай билими, тәжирийбеси ҳәм күш-ғайратын бағдарлаўшы үлкен потенциалға ийе жәмийетимиздиң белсенди ағзалары есапланады. Сонлықтан да, ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, реформаларда олардың тиккелей қатнасыўын тәмийинлеў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.
Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының сайлаў алды бағдарламасында да ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилиги, мәмлекетлик басқарыўдағы орны ҳәм тәсирин арттырыў мәселеси әҳмийетли бағдар сыпатында итибарға алыныўы, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың шаңарақтағы орнын беккемлеў тәрепдары екенлиги белгиленген.
Олардың қатарында, партияның 2025-жылға белгиленген жумыс режесинде ерте неке, жас өспирим қызларды айттырыў сыяқлы унамсыз иллетлердиң алдын алыўға қаратылған «Ерте турмыс – қәдирият емес!» акциясын өткериў ҳәм Жоқары билимлендириў мәкемелеринде турмысқа шыққан студентлер ҳәм студент аналар ушын қолайлы шараятлар жаратылыўы бойынша қадағалаў-талқылаў тәртибинде үйрениўлерди алып барыў ўазыйпасы белгиленген.
Бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының «Сиясатшы ҳаял-қызлар клубы» ағзаларының қатнасыўында, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Денсаўлықты сақлаў, Ишки ислер, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлериниң аймақлық басқармалары менен биргеликте ерте неке, жас өспирим қызларды айттырыў сыяқлы унамсыз иллетлердиң алдын алыў туўралы жәмийетшилик тыңлаўды шөлкемлестириў, Жоқары билимлендириў мәкемелеринде студент аналар ушын жаратылған шараятларды арнаўлы сораўнамалар тийкарында үйрениў режелестирилген.
Нөкис қаласындағы «Дослық» үйинде режеде белгиленген усы ўазыйпалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.
Илажды Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Т.Романов алып барды.
Илажға депутатлар, тийисли министрликлер менен шөлкемлерден жуўапкерлер, мәҳәлле хызметкерлери, партия ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Атап өтилгениндей, статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда ҳәр үш қыздың биреўи билим алыў жасында, яғный, 20 жасқа шықпай турып турмысқа шығады. Қызлардың турмысқа шығыў ҳәм билим алыў жасы 18-22 жасты қурайды. Студентлердиң саны жылдан-жылға көбейип атырғанының есабынан, шаңарақлы студент-ҳаялларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги де артпақта. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларының саны 3 есеге көбейди. Системаға қамтыў 42 процентке артты. Бир ҳаял-қыздың билим алыўы ушын контракт төлеми мәмлекет тәрепинен қаплап берилип атырғанының есабынан студент-қызлардың саны усы күнге келип он бир есеге көбейген. 2024-жылы 305 мыңнан аслам неке белгиленген болса, соннан 93,2 мың жағдайда келинлер, еле 20 жасқа толмаған.
Соның менен бирге, “Шаңарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институтының мағлыўматына бола, соңғы еки жылда студент аналардың арасында ажырасыўлардың саны артқан.
Илажда усы унамсыз жағдайлардың алдын алыў мәселелери кеңнен талқыланды. Жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен студент аналардың шаңарақ ҳәм оқыўды бир ўақыттың өзинде табыслы алып барыўы, сапалы билим алыўы ҳәм карьера ислеўи ушын мүмкиншиликлерди кеңейтиў, студент аналардың оқыў процесслерине иркинишсиз қатнасыўына жәрдем бериў, ЖБМларда студент аналар ушын инфраструктура жаратыў, атап айтқанда, бақшалар, аналар ушын арнаўлы бөлмелер шөлкемлестириў бойынша илажлар көриў бойынша да бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.
Соның менен бирге, илажда студентлердиң шаңараққа байланыслы қәдириятларға қатнасығын және де күшейтиў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў, ата-аналар арасында қызларын билим алыў жасында турмысқа бермеўди үгит-нәсиятлаў мәселелерине айрықша тоқталып өтилди.

Илаж пикир-алысыўлар менен даўам етди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги