Орынлардағы салыққа байланыслы машқалалар шешилмекте

214

Тақыятас районында ҳәзирги күнде 360 тан аслам киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлери жумыс алып бармақта. Киши ҳәм орта бизнес ҳәр қандай мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Бүгинги күнде елимизде экономика көлеминиң ярымынан көбиси, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги усы киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте.

Бул бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң қатарын және де кеңейтиў, өз потенциалын толық иске қосыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде республикамыз бойлап киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында ашық сәўбетлесиўлер өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Халмурза Бекчанов  тақыятаслы исбилерменлер менен ушырасыўында да жеке меншик сектор ўәкиллерине берилип атырған имканиятлар, бар машқалалар ҳаққында пикир алысты.

Қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына муўапық берилип атырған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, исбилерменлердиң салық жеңилликлеринен пайдаланыўы, салық есабатлары, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық, кредит ҳәм салық ставкалары менен байланыслы машқала ҳәм усыныслары тыңланып, унамлы шешиў илажлары көрилди.





Қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги