Балықшылық тараўында халықаралық бирге ислесиў

218

Европа – Азия ҳайўанат бағлары аквариумларының аймақлық ассоциациясы (ЕАРАЗА)ның Евроазиядағы ең сийрек ушырасатуғын осётр балықларын сақлаў бағдарламасының кураторы Алексей Черняк  Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис фииалына келди.

Сапарда мийман филиал басшылары менен балықшылық тармағын және де раўажландырыў  бойынша сөйлесиўлер алып барды. Сөйлесиў ўақтында балықшылық тараўында биргеликтеги илимий-әмелий жойбарларды жолға қойыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери додаланды.

Алексей Черняк филиал аймағындағы жасалма бассейнлер ҳәм оқыў-лаборатоиялар менен жақыннан танысты. Ол жердеги илимий-әмелий база мийман тәрепинен унамлы баҳаланды. Әсиресе, зооинженерия бағдарында  оқып атырған студент-жаслар ушын бундай ушырасыў үлкен әҳмийетке ийе. Олар теориялық билимлерди әмелият пенен беккемлеў, сийрек ушырасатуғын балық түрлерин сақлаў ҳәм көбейтиў бойынша заманагөй тәжирийбелер менен танысыў имканиятына ийе болды.


Сапар даўамында,  Әмиўдәрья бассейнине тән болған үлкен    куракмурын балық түрлерин сақлаў ҳәм көбейтиў бағдарында биргеликте жумыс алып барыўға келисип алынды. Сапар жуўмағында тәреплер балықшылық тараўында бирге ислесиўди және де беккемлеў, илимий-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге  асырыў бойынша өз-ара келисимге еристи.

ӨзА