Жас регбишилердиң үлкен табысы

Наманган ўәлаятында спорттың Регби-7 түринен 17 жастағы жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан командалар қатнасты ҳәм жарыс жуўмағында, қарақалпақстанлы қызлар командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды. Нөкис темир жолы вокзалында спортшыларды салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, Өзбекстан Регби федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы С.Турманов, спорт пидайылары, жанкүйерлер менен жеңимпазлардың ата-аналары қатнасты.
Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында спорт тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, спортшыларымыздың жәҳән ареналарында қолға киргизип атырған табысларын мақтаныш етип, регби командасының жетискенлиги менен қызғын қутлықлап, алдағы жарысларда да табысларға ерисиўине тилеклеслик билдирди.


-Қызлар командамыз бул жарыста Ташкент, Наманган, Хорезм ҳәм басқа да ўәлаятлардың күшли командаларын жеңип шығыўға миясар болды,-дейди Өзбекстан Регби федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Байрамбай Ақымбетов.-Әсиресе, Хорезм командасы менен болып өткен ушырасыў, оғада кескин өтип, командамыз экстра-таймларда ғана жеңиске еристи. Алдағы ўақытлары 13-14-19 ҳәм ересек жастағы командалар арасында да жарыслар шөлкемлестириледи. Несип етсе, бул жарыста да республикамыз жаслары өзлериниң күш-жигерин көрсетип, чемпионлықты қолға киргизеди деп ойлаймыз.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, регбиши қызларымызды бул жарысқа Антон Михайлов ҳәм Жеткер Базаровлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы