Жеңилмес жигер  ямаса Жалғасбай Бердимуратов карьерасына қысқаша штрихлар

193

Халқымыз әзелден өзиниң ержүрек батырлары, күшли палўанлары, хош ҳаўаз қосықшылары менен пүткил дүньяға белгили. Ата-бабаларымыздың қанына сиңген бул дәстүр бүгинги күни де даўам етип, жасларымыз жер жүзиниң ҳәр қыйлы аймақларында өткерилетуғын халықаралық жарыс ҳәм таңлаўларда өзлериниң шеберликлерин көрсетип келмекте. Әсиресе, соңғы жыллары республикамыз жасларының қолға киргизип киятырған табыслары халқымызды шексиз қуўанышларға бөлеп, елимиздиң ертеңги күнге деген исенимин беккемлемекте.

Келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын усындай пүткил дүньяға белгили спортшылардың бири грек-рим гүреси бойынша еки мәрте Азия чемпионы, 2022-жылы Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилген жазғы Азия ойынлары, 2021-жылы Түркияның Конья қаласында болып өткен Ислам тилеклеслиги ойынларының жеңимпазы,  2019-жылы Нур Султан (ҳәзирги Астана), 2021-жылы Белград қалаларында өткерилген жәҳән чемпионатларының қола ҳәм гүмис медалы ийеси Жалғасбай Бердимуратов болып табылады.

1997-жылдың 27-март күни Қараөзек районының «Аталық» аўылында жасаўшы Қарлыбай ҳәм Зерханлардың екинши перзенти сыпатында дүньяға келген Жалғасбай усы елаттың басқа балалары сыяқлы спортқа, соның ишинде, миллий гүреске оғада қызығып өсти. Жалғастың гүрес пенен шуғылланыўына атасы Бердимурат, әкеси Қарлыбайлардың аўылдағы тойларда гүреске түсиўи, ат минип шабандозлық етиўи тийкарғы себеплердиң бири болса керек, деп ойлаймыз.

-Көбинесе палўанлық адамның тегинде болады,-дейди Жалғасбайдың устазы Рустам Ерназаров.-Жалғасбайдың руўынан Турымбий, Айдос бий, Ерназар бий сыяқлы халқымызға белгили атақлы инсанлар, батырлар жетилисип шыққан. Шәкиртимниң палўан болып жетилисиўине усы факторлар да себеп болған болыўы мүмкин. Соның менен бирге, спортшы бундай үлкен табысларды қолға киргизиўи ушын устазы менен бирге өз үстинде еринбестен, тынымсыз физикалық шынығыўлар ислеўи ҳәм өзиниң тәжирийбесин арттырып барыўы   керек. Соның менен бирге, турмыс қыйыншылықлары да адамды тез есейттиреди.

Ҳақыйқатында да, сананы турмыс бийлейди дегениндей, Жалғасбайдың мийнеткеш ҳәм шыдамлы болып өсиўине шаңарақтағы айырым аўырманлықлар да себеп болды деп айта аламыз. 9 жасында әкесиниң биймезгил өмирден көз жумыўы Жалғасбайды анасы Зерхан, әжағасы Ғайрат ҳәм қарындасы Зийўар менен бирге, қатарынан бурын естиярлы жигит етти. Аўылдың аўыр турмысын бастан кеширген ол әжағасы менен биргеликте анасына жәрдемши болып, үлкен үйдиң аўыр жүгин ийин тиресип тартты. Жазда пишен орып, мал бақса, қыста отын шаўып, узақлардан үйине суў тасыды. Бәҳәр ҳәм гүз айларында аўылласларына дийқаншылық ислеў ҳәм оны орып-жыйнаўға жәрдем берди.

-Маған Жалғасты 7-класс ўақтында анасы алып келди, -дейди тренери Рустам Ерназаров өз сөзин даўам етип.-Оның менен қол алысып сәлемлескенниң өзинде-ақ, баланың билегинде күши барлығы сезилип туратуғын еди. Сол гезде Жалғасбай менен сөйлескенимде оның гүреске ықласлы екенин сездим ҳәм оған ҳәр қыйлы спорт шынығыўларын ислеўди тапсырдым. Ол айтқанымды айтқандай булжытпай орынлады ҳәм бизлер оны сол ўақыттағы Нөкис Олимпия резервлери колледжине оқыўға қабылладық.

Устазы Рустамның ағалық меҳири ҳәм қатты қоллығы менен шынығыўларға кирискен кишкене Жалғасбай республикамызда бурын онша кең ен жаймаған, бирақ, дүнья жүзинде өз орны ҳәм абырайына ийе грек-рим гүреси менен шуғылланып, жас өспиримлер арасында өткерилетуғын республикалық турнирлерге қатнаса баслады. Дәслепки жарысларда оған бирден әўмет күлип бақпады. Сонлықтан ол ҳәр күни өз үстинде тынымсыз шуғылланыўларын тоқтатпады.

-Ҳәр күн сайын ислеген шынығыўларымды басқышпа-басқыш аўырластырып бара бердим. Мысалы, бүгин азанда 3 км аралыққа жуўырып, 15 рет турникке тартылсам, 50 мәрте бруста ислесем, ертеңине жуўырыўға 300 метр, турникке 16-17 рет, бруста 55-60 мәрте ислеп, өзимди күш-жигеримди арттырып бардым. Устазым азанғы саат 6:00 оятып, Ашшыкөл тәрепке жуўыртып жиберетуғын еди. Бир күни азанда ўақтың болды, тур жуўыр дегенге саатқа да қарамастан жуўырып кетиппен. Айланып келсем саат еле алты болмаған екен. Шынығыўға берилгеним соншелли саатқа да қарамай жуўыра бериппен. Колледжде оқып жүргенимде елимизге белгили спортшылар менен ушырасыўлар өткерилетуғын еди. Усындай ушырасыўлардың биринде халқымыз мақтанышларының бири Еркинбай аға  Қутыбаев спортшылардың аўқатланыў рационы, дем алыў ҳәм шынығыўлар режими туўралы айтқаны еле ядымда. Сонда ол бизлерге өзиниң бир лаўабы кеса аўқат ишетуғынлығын, аўқатты қарынға толтырып емес, ал, аз-аздан күнине 4-5 рет жеў кереклиги ҳаққында мәсләҳәт берген еди. Ҳақыйқатында да,  Еркинбай ағаның айтқан гәпинде жан бар екен. Мен оның айтқанларына әмел етип, аўқатты аз-аздан, жийи жейтуғын болдым. Себеби, қарынды тойдырып жесең, уйқың келип, ериншеклик басады екен. Сондай-ақ, аўқатлық затлардың да асқазанға сиңиўи қыйын болады екен. Соннан берли, мен аўқатланыў ҳәм дем алыў режимине айрықша итибар менен қарайман.

Әсиресе, халықаралық жарысларға барғанымда басқа еллердиң белгили палўанларының аўқатланыў рационы ҳәм шынығыўларын сырттан бақлап бараман. Мысалы ушын россиялы атақлы палўан, еки мәрте Олимпиада чемпионы Роман Власов пенен бир залда шынығыўлар ислегенимизде, оның ис-ҳәрекетлерин оған билдирместен бақлап жүрдим. Аўқатланса бирге қасына жақын столға отырып, оның қандай затларды, қайсы муғдарда жейтуғынлығын, шынығыўларын еринбестен үйрендим. Усындай ўақытлары өзимниң аш қалған ўақытларым да болды. Себеби, жан қыйнамай, жанана болмайтуғынлығын билер едим.

Усындай өз үстинде көбирек мийнет етиўлериниң арқасында дәслеп Қарақалпақстан, соңынан Өзбекстан чемпионатларында жеңимпазлықты қолға киргизген Жалғасбай Бердимуратов мәмлекетимиз сайланды командасы ағзалығына қабылланып, жас өспиримлер арасында өткерилетуғын халықаралық жарысларға қатнаса баслайды.

Ең дәслеп 2016-жылы жас өспиримлер арасында Таиландта өткерилген Азия чемпионатында 74 кг салмақта қола медалын жеңип алған Жалғасбай, соңынан жәҳән чемпионатына қатнасты. Бирақ, бул жарыста оған бираз тәжирийбе жетиспеди ҳәм ол жарысты 13 орын менен жуўмақлады.

Ал, 2017-жылы өткерилген Азия бириншилигинде болса, финалға шекем жетип келип, чемпионлық ушын беллесиўде қырғызстанлы Ақжол Маҳмудовқа жеңилип қалды ҳәм гүмис медаль ийесине айланды. Сол жылы Финляндияның Тампере қаласында болып өткен жәҳән чемпионатында болса, ол өзиниң бурынғы көрсеткен нәтийжесин бир-неше текшеге жақсылап, 8-орынды ийелеўге еристи.

2018-жылы Бишкекте өткерилген Азия чемпионатында 77 кг салмақта гүреске түскен Жалғасбай ярым финалға шекем жетип келип, онда болажақ чемпион, қытайлы Ян Бинге жеңилип қалды ҳәм жарысты медальсыз жуўмақлады.

Буннан арланған ол шынығыўларға және де күш салып, 2019-жылы  Қазақстан пайтахты Нур-Султан (ҳәзирги Астана) қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында 77 кг салмақта қазақстанлы Асхат Дилмуҳаммедовты жеңип, қола медалын ийелеўге еристи.

Жалғасбайдың бул медалы оған Японияның Токио қаласында өткерилетуғын жазғы Олимпиада ойынларына жолламаны алып берди..

2020-жылы Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында өткерилген Азия чемпионатында Жалғасбай 82 кг салмақта гүреске түсип, қола медалын жеңип алыўға еристи. Әлбетте, спортшымыздың қолға киргизген бул табыслары республикамыз кең жәмийетшилигин үлкен қуўанышқа бөлегени менен, Жалғасбай ушын еле жеткиликсиз еди. Сонлықтан ол өзиниң бар күш-жигерин, 2021-жылы Алматыда болатуғын Азия бириншилиги ҳәм Токиода өткерилетуғын Олимпиада ойынларында көрсетиўге ҳәрекет етти.

Атап айтқанда, ол 2021-жылы Алматы қаласында өткерилген Азия чемпионатында 82 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, биринши мәрте Азия чемпионы атағына миясар болды ҳәм сол жылдың 30-июнь күни спорттағы ерискен жетискенликлери ҳәм көрсеткен хызмети ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

Бирақ, оған Олимпиада ойынларында әўмет ҳәм тәжирийбе жетиспеди. Деген менен бул жеңилис, оның жаңа табысларға болған умтылысын сөндире алмады ҳәм өз үстинде шынығыўларды және де даўам етти. Атап айтқанда, ол 2022-жылы Монғолияның Улан-Батор қаласында өткерилген Азия чемпионатында 87 кг салмақта гүмис, Қытайдың Ханчжоу қаласында болып өткен жазғы Азия ойынлары, Түркияның Конья қаласында өткерилген Ислам тилеклеслиги ойынларында алтын, Белград қаласындағы жәҳән чемпионатында 82 кг салмақта гүмис медалларды жеңип алыўға миясар болды.

Буннан соң оның спорт каръерасында азы-кем төменлеўлер болды. Атап айтатуғын болсақ,  ол 2023-жылы Астана қаласында болып өткен Азия чемпионатында ерискен қола медалынан соң, бир неше жыл табысларға ерисе алмады.

-Усындай ўақытлары гүрести таслап кетсембе екен деген ойларға берилдим,-дейди Жалғасбай биз бенен болған сөйлесиўлердиң биринде.-Бирақ, мениң тренерлерим ҳәм жақынларым маған жақыннан қоллап-қуўатлаў көрсетип, өзиме болған исенимди және оятты. Нәтийжеде мен 2025-жылы тағы өзимниң спорт формама қайтып, Иорданияның Амман қаласында өткерилген Азия чемпионатында алтын медальды жеңип алыўға миясар болдым.

Бул жеңис мени тағы да алға қарай баслайды. Баслы мақсетим, Олимпиада ойынларының чемпионы болыў. Артқа жол жоқ-дейди ол бизге күле шырай менен.

Келбети келискен, халқымыздың нағыз азаматынан күткен сөзимиз де усы еди. Салдаманлы палўанымыздың салмақлы бул сөзине басқа бир сөз қоса алмадық.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы