Тараўдағы әҳмийетли мәселелер атап өтилди

173

2025-жыл 1-апрельде «Жанар май-энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм бийкарға жумысалыўының алдын алыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажларды жетилистириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилген еди. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Беруний районы прокуроры М.Атаджановтың басшылығында мәжилис болып өтти.

– Тараў ўәкиллериниң қатнасыўында сын көзқараста өткерилген бул мәжилисте 2025-жыл даўамында электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден ақылға уғрас пайдаланыў және үнемлеў нәтийжелилигине ерисиў, бул бағдарда энергияны үнемлейтуғын үскенелерден пайдаланыў, альтернатив энергияға толық өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди, – дейди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими баслығы берген мағлыўматында.

Сондай-ақ, электр тәмийнаты кәрханасы тәрепинен быйылғы жойбарлар таныстырылды. Қәнигелер тәрепинен керекли усыныслар берилди.

Тараўда коррупция жағдайларының алдын алыў ҳәм сапластырыў итибар орайындағы мәселелерден бири болды. Соның менен бир қатарда, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газге нызамсыз тәртипте жалғанған тутыныўшыларға нызамлы тәртипте шара көриў мәселелерине де тоқтап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги