Конституция –бахытлы турмысымыздың тийкары

302

Қарақалпақстан медицина институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 32 жыллығына арналған салтанатлы илаж болып өтти

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы А.Атажанов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим баслығы А.Ергунусов, факултет деканлары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Илажды институт ректоры ў.ў.а О.Халимов ашты ҳәм басқарып барды.

Илаж даўамында шығып сөйлеўшилер қатнасыўшыларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы менен қутлықлап, Конституцияның мәмлекеттиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы ҳәм демократиялық ҳуқықый системаны беккемлеўдеги орнын айрықша атап өтти. Әсиресе,  соңғы жыллары жаслардың жоқары билим алыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған реформаларға кеңнен тоқталды.

Өткерилген илаж даўамында қатнасыўшылар мәмлекетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый билим ҳәм мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша пикир алысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы