Халқымыздың миллий қәдириятлары үгит-нәсиятланбақта

Қараөзек районында «Ҳаял-қәдириятлар даўамшысы» таңлаўының районлық басқышы өткерилди.
Таңлаўға аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларынан белсенди ҳаял-қызлар топарлары қатнасты.
Онда қатнасыўшы топарлар халқымыздың миллий қәдириятлары, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин үгит-нәсиятлаў, шаңарақлық тәрбия ҳәм мәнаўиятты беккемлеў бағдарында өзлериниң билими, зейини, шаққанлығы ҳәм тапқырлығын көрсетип, тамашагөйлердиң алғысына миясар болды.

Өткерилген таңлаў жуўмағында, Есим мәкан пуқаралар жыйынының «Тумарис ана» топары биринши орынды ийелеп, таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизиўге еристи.
Илаж соңында таңлаў жеңимпазлары Қараөзек районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы