Қарақалпақстан кадастр: турақ жай салыў ушын жер орнын алыўда алданып қалмаң

Қарақалпақстанның қай жеринде «план» бар? Усы сораў бойынша кадастршыларға көпшилик пуқаралардан мүрәжат келеди.
Әлбетте, ҳәзирги ўақытта халық санының көбейиўи турақ жайға болған талапты, бул болса өз гезегинде, жер орынларына деген мүтәжликти келтирип шығарады.
Ҳәзирги ўақытта пуқаралар тәрепинен ортаға түсиўши шахслардан яки «таныслар» арқалы жер орынларын сатып алып, «кейин кадастр ислетип беремен» деген сөзлерине алданып қалып атырғанлар ушыраспақта.
Бирақ, усылайынша «қолдан» сатып алынған ямаса ҳуқықый ҳүжжети болмаған жер майданларына кадастр ҳүжжетлери рәсмийлестирилмейди.
Пуқаралардың алданып қалмаўы ҳәм ийелик етиў ҳуқықы жоқ жер орынларын ийелеп алмаўы ушын бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында үш мыңға шамалас жер орынлары алпыс айға бөлип төлеў имканияты менен аукционға шығарылған.
Буның ушын https://e-auksion.uz сайтына кирип дизимнен өтип, өзиңиз қәлеген аймақтан аўыл хожалығында пайдаланылмайтуғын жерлерден мүлк ҳуқықы тийкарында утып алыў имканияты берилген.
Районлар кесимиде аукционда турған жерлер
Беруний районы – 50
Бозатаў районы – 118
Қараөзек районы – 100
Кегейли районы – 32
Қоңырат районы – 52
Қанлыкөл районы – 67
Мойнақ районы – 230
Нөкис районы – 51
Тақыятас районы – 167
Тахтакөпир районы – 25
Төрткүл районы – 217
Хожели районы – 88
Шымбай районы – 50
Шоманай районы – 159
Елликқала районы – 3
Қарақалпақстан хабар агентлиги