Ҳаял-қызларды қорғаў жолындағы басламалар

302

Өзбекстан «Адолат» СДП ҳәм бир қатар шөлкемлер менен биргеликте «Биз зорлыққа қарсымыз!» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда ҳаял-қызлардың жәмийетте өз орнын табыўы, жәмийетлик сиясий белсендилигин арттырыў менен бирге басым ҳәм зорлықтан сақлаў бойынша елимизде алып барылып атырған системалы жумыслар, партияның бул бағдардағы әмелий усыныслары ҳәм басламалары ҳаққында сөз болды.

Атап өтилгениндей, партия ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў жолындағы әҳмийетли усынысларды алға қойып, көлемли жумысларды әмелге асырып келмекте. Атап айтқанда, партияның “Бир адолатшы” – жүз ҳаялды қорғаўшы” жойбары шеңберинде ҳаял-қызлардың жәмийетте өз орнын табыўына жәрдемлеспекте. Әсиресе, оларды басым ҳәм зорлықлардан сақлаў, машқала ҳәм усынысларды үйрениў және шешиў, денсаўлығын беккемлеў, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады. Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың сиясий-ҳуқықый билимлерин арттырыўға қаратылған бир қатар жойбарлар турмысқа енгизилип келинбекте.

Илажда “Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 10-майдағы “Басым ҳәм зорлықтан жәбирленген адамларға социаллық хызметлер көрсетиўди жетилистириў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарары ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Илажда Ишки ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң ўәкиллери де шығып сөйлеп, ҳаял-қызларға зорлықтың алдын алыў, оларға қорғаў ордерин бериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, ишки ислер уйымлары менен биргеликте зорлық жағдайларды ерте анықлаў ҳәм оператив илаж көриў системасы, ҳаял-қызлар ушын арнаўлы қорғаў орайлары, “Исеним телефонлары” ҳәм 24/7 системасында ислейтуғын жәрдем платформалары кеңейтилмекте. Сондай-ақ, зорлыққа қарсы психологиялық билимлендириў ҳәм мәсләҳәт хызметлерин кеңейтиў, жаслар ушын қәўипсиз қатнасықлар ҳәм стресске шыдамлылық бойынша тренинглер өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

 ӨзАның хабаршысы