ХАМАС сиясий бюросы ағзасының қайтыс болғаны тастыйықланды

Газаның қубласына шөлкемлестирилген ҳүжимде Палестинаның ХАМАС ҳәрекети сиясий бюросының ағзасы Салоҳ Ал-Бардавил қайтыс болды. Бул ҳаққында Израиль қорғаныў күшлериниң баспасөз хызмети хабар берген.
– Екшемби күни кешқурын ЦАХАЛ ҳәм Улыўма қәўипсизлик хызмети сектор қубласында ХАМАСтың Режелестириў ҳәм раўажландырыў бөлими басшысын жоқ етти, – делинген билдириўде.
Буннан алдынырақ «Al Hadath» телеканалы марҳум ҳәмелдар Израиль Хон-Юнис қаласы шетиндеги мәнзилге берген соққының нәтийжесинде өмирден көз жумғаны ҳаққында хабар берген еди.
Салоҳ Ал-Бардавил Палестинаның бир палаталы парламенти – Нызамшылық кеңесиниң ағзасы, Хон-Юнистеги рәсмий ўәкили еди.
18-март күни Израиль армиясы Газа секторында жаўынгерлик ҳәрекетин даўам еттирип, анклавқа күшли соққы берди ҳәм сол тәризде январь айында орнатылған келисимди бузды. Бас министр Биньямин Нетаньяхудың уйымы бул қарарды ХАМАС дәлдалшылары ҳәм АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Стивен Уиткофф тәрепинен сөйлесиў ўақтында алға қойылған усыныстың бийкарланыўы менен түсиндирип, әмелияттан гөзленген мақсет барлық гиреўге алынғанларды азат етиў екенин атап өтти.
Өз гезегинде, топар урыстың басланыўында Израиль ҳәм АҚШты айыплады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги