Жақсы нийетлер менен сүмелек таярланды

Жаңаланыў, жасарыў әййямы – Наўрыз байрамына бағышланып өткерилип атырған илажлар Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында да көтериңкилик руўхында болып өтти.
Илаж «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» сүрени астында байрамға бағышланған сүмелек сейили менен басланды.
Онда қатнасыўшылар шүлен қазан әтирапына жәмленип, улыстың уллы күни Наўрыз байрамында халқымызға тынышлық, татыўлық, аўызбиршилик тилеп, жақсы нийетлер менен сүмелек тағамын былғады.
Сүмелек сейилинде Педагогикалық шеберлик орайы директоры Венера Бекмуратованың басшылығында орай жәмәәти ҳәм тыңлаўшылар қатнасып, байрам қатнасыўшыларының қуўанышына шерик болды ҳәм өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.
Байрам илажында шығып сөйлеўшилер жыл басы есапланған Наўрыз бенен бәршени қызғын қутлықлап, быйылғы жылдың халқымыз ушын жақсы ҳәм берекетли жыл болып келиўин тиледи.
Улыўма халықлық сейилге айланған Наўрыз байрамында педагоглар тәрепинен миллий тағамлар ҳәм буйымлар көргизбеси, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлеримиз көрсетилди.


Өзлериниң ең жақсы өнерлерин көрсеткен кафедралар ҳәм тыңлаўшыларға Педагогикалық шеберлик орайы жәмәәти тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди.
Байрам илажында халқымыздың миллий спорт түрлеринен есапланған тас көтериў, арқан тартыс, жарыслар өткерилип, жеңимпаз болған спортшылар баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Наўрыз сейили йошлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги