Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатларының ҳәр тәреплеме өз-ара пайдалы стратегиялық бирге ислесиўин беккемлеў бағдарындағы үлкен хызметлери, еки елдиң саўда-экономикалық тараўларындағы шерикшилик байланысларын кеңейтиў, ири инвестициялық жойбарларды ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў жумысларында жоқары кәсиплик шеберлигин көрсетип киятырғаны, халықларымыз арасында өз-ара дослық ҳәм аўызбиршиликти даўамлы раўажландырыўға қосып атырған салмақлы үлеси ушын ҳәм туўылған күниниң 70 жыллығы мүнәсибети менен Америка – Өзбекстан саўда санаат палатасының баслығы Кэролин Лэмм «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 22-август