Елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына шет мәмлекетлер менен ҳүкиметлердиң басшыларынан шын жүректен қутлықлаўлар келмекте. Оларда мәмлекетимиз басшысына ығбал-бахыт ҳәм табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, раўажланыў менен абаданлық тилеп, жақсы тилеклер билдирилген.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Президент, қәдирдан достым!
Өзбекстанның Миллий күни мүнәсибети менен Сиз Уллы Мәртебели Мырзаны ҳәм пүткил өзбек халқын өзимниң ҳәм халқымның атынан қызғын қутлықлайман.
Туўысқанымыз ҳәм достымыз деп билгенимиз Өзбекстанның Сиз, әзиз туўысқанымның дана ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған сиясаты нәтийжесинде ерисип атырған жетискенликлерин пүткил дүнья сыяқлы биз де жоқары баҳалаған ҳалда бақлап атырмыз. Өзбекстанның буннан былай да гүллеп-жаснаўы жолында ғайрат ҳәм пидәкерлик пенен ислеп атырған ҳәрекетлериңизди буннан былай да қоллап-қуўатлаўды даўам етемиз.
Мәмлекетлеримиз арасындағы беккем бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен халықларымыздың мәпи жолында буннан былай да күшейетуғынына беккем исенемен. Сизиң ақылға муўапық басшылығыңызда дос ҳәм туўысқан Өзбекстан қолға киргизип атырған үлкен жетискенликлердиң гүўасы болып атырғанымнан қуўанышлыман.
Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан менен қатнасықларымыз келешекте буннан былай да раўажланыўына исенимимди дәлийллей отырып, Сиз Уллы Мәртебели Мырзаға саў-саламатлық, ығбал-бахыт, туўысқан өзбек халқына аманлық ҳәм абаданлық тилеп қаламан.
Режеп Таййип ЭРДЎҒОН,
Түркия Республикасы Президенти
* * *
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Тәжикстан халқы атынан ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм Сиз арқалы пүткил туўысқан өзбек халқын Өзбекстан Республикасының миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаў ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.
Сиз узақты гөзлеп жүргизип атырған сиясат және мәмлекет турмысының экономикалық, сиясий ҳәм социаллық тараўлардағы әҳмийетли жаңаланыўлар бүгин өз нәтийжелерин берип, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырайын турақлы арттырмақта.
Бул табыслар жақын қоңсы сыпатында Өзбекстан менен көплеген дослық байланыслары арқалы басланған Тәжикстанды да қуўандырмақта.
Халықларымызды мәдений-мәнаўий жақынлық, өз-ара мәплерди ҳүрмет етиў, тыныш-татыў жасаўға умтылыў, көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған бийбаҳа тәжирийбе байланыстырып турады.
Өзбекстан менен қатнасықлар Тәжикстан сыртқы сиясатының тийкарғы әҳмийетли бағдары болып келген ҳәм солай болып қалады.
Биз Тәжикстан менен Өзбекстан арасындағы көп қырлы шерикликтиң ийгиликли ҳәм конструктивлик орталығынан, сондай-ақ, бирге ислесиўимиз халықларымыз ҳәм пүткил регионның түпкиликли мәплери жолында избе-из раўажланып атырғанынан оғада қуўанышлымыз.
Биз, ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизиң бул жолдағы жеке үлесиңизди жоқары қәдирлеймиз.
Жақында гөззал елиңизге мәмлекетлик сапар даўамында Сиз бенен болып өткен нәтийжели ушырасыўларымызды, тарийхый ҳүжжет – Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнамаға қол қойғанымызды айрықша қанаатланыў менен еске аламан.
Бул сапар етиў шеңберинде қол қойылған ҳүжжетлер, сондай-ақ, экономиканың стратегиялық тармақларында бир қатар кең көлемли қоспа жойбарларды әмелге асырыўға қаратылған келисимлердиң жүзеге шығыўы мәмлекетлеримиздиң узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген нәтийжели бирге ислесиўине жаңа ҳәм күшли пәт бағышлайтуғынына исенимим кәмил.
Пурсаттан пайдаланып, буннан кейин де Сиз бенен биргеликте мәмлекетлеримиз арасындағы әзелий дослық дәстүрлерин ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жаңа басқышта раўажландырыўға барлық күшлерди қаратыўға таяр екенимди билдиремен.
Бирликтеги ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар буннан былай да Тәжикстан ҳәм Өзбекстан халықларының абаданлығы жолында және де беккемленип баратуғынына исенемен.
Усы қутлы байрам күнлеринде Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, мәмлекеттиң раўажланыўы жолындағы режелериңиз бенен умтылысларыңызды әмелге асырыўда үлкен жеңислер, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық тилеўге рухсат еткейсиз.
Ҳүрмет пенен,
ЭМОМАЛИ РАҲМОН,
Тәжикстан Республикасы Президенти
* * *
Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Cингапур Республикасы Президенти Ҳалима Ёқуб
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти шайх Халифа бин Зоид Ол Наҳаён
Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы Күшлери Жоқары бас Сәркардасының орынбасары шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён
Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаён
Палестина Мәмлекети Президенти, Палестина Азатлық шөлкеми Атқарыў комитетиниң баслығы Маҳмуд Аббос
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.