30-август күни «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!»  сүрени астында Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте веломарафон өткерилди.

Веломарафонға пайтахтымыздағы «Таслақ» елатындағы биринши айланбадан старт берилип, финал 1-санлы Нөкис медицина колледжи етип белгиленди.

Веломарафонға 14-19, 20-35  ҳәм 35 жастан үлкен болған  50 ге шамалас ер балалар ҳәм қызлар қатнасты.

Жарыс жуўмағында 14-19 жас арасындағы ер балалар арасында И.Есалиев биринши, З. Орынбаев екинши, М.Арысланбаев үшинши орынды ийелеген болса, қыз балалар арасында Г.Бақбергенова биринши, Д.Акманова екинши, К.Досжанова үшинши орын жеңимпазы деп табылды. 20-35 жас арасындағы ер балалар арасында Б.Қудайбергенов биринши, Б.Қалниязов екинши, А.Сапарбаев үшинши орынды ийеледи. Қызлар арасында Г.Қудайбергенова биринши, Д.Атажанова екинши, Т.Алламуратова үшинши орын жеңимпазы болды. Ал, жарыстың 35 жастан үлкенлер арасында Қ.Қудайбергенов биринши, Б.Қылышбаев екинши, Б.Бердибаев үшинши орынға ылайықлы деп табылды.

-Велосипед- инсан денсаўлығын беккемлейди, өмир жасын узақ етеди. Сонлықтан, велосипедтен күн даўамында пайдаланаман, –  дейди жарыс жеңимпазы Икрам Есалиев.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы

(Сүўретлер Қ.Кеңесбаев тәрепинен түсирилген)