Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-августтағы 627-санлы «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги бөлиминиң имаратларын басқышпа-басқыш қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 2016-2030-жылларға мөлшерленген бағдарламасы» на тийкарланып, Нөкис қаласы өрттен қорғаўшы 2-санлы Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң жаңа, заманагөй, барлық қолайлылықларға ийе имараты қурып пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажға тараў хызметкерлери, жуўапкер басшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов ашты ҳәм алып барды.

 

Илажда мәмлетимизде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар, бәринен бурын, хызметкерлердиң нәтийжели мийнет етиўи ушын жаратылып атырған шараятлар кеңнен атап өтилди.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги Бас басқармасы тәрепинен 2 дана заманагөй «ISUZU» маркалы өрт өшириў автомобили, өрттиң алдын алыў инспекторларына 2 дана «СКУТЕР» мототранспорты, 6 хызметкерге хызмет жатақ жайларының тапсырылғаны байрамға ылайық саўға болды.

– Биз жас шаңарақпыз, нәтийжели жумыс алып барыўым ушын жаратылып атырған қолайлықлардан бири –  бизге жаңа, заманагөй жатақ жай берилиўи болып табылады, – дейди Нөкис қалалық өрт қәўипсизлиги бөлими 2-әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң смена баслығы Азамат Қалжанов.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги