Байрам салтанатлары Кегейлиде де өткерилди

247

Улыстың уллы күни Наўрыз байрамы «Қәдириятларың мәңги болсын-Наўрыз» сүрени астында Кегейли районында да шөлкемлескенлик пенен, көтериңки руўхта өткерилди.

Байрамның тийкарғы салтанатлары районның орайлық стадионында болып өтип, онда район ҳәкими Айбек Камалов Наўрыз байрамы  менен аймақ халқын қызғын қутлықлап, бул байрам әсирлер даўамында сақланып келген миллий қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизди өзинде жәмлегени менен әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Байрам тамашалары көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы, халық сейили ҳәм миллий ойынлар жарысына уласып кетти.

Наўрыз байрамы шеңберинде миллий кийимлер ҳәм тағамлар кɵргизбеси байрам қатнасыўшыларының нәзерине усынылып, халқымыз, әсиресе, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллери ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған салт-дәстүрлер ҳәм миллийлигимиз дүрданалары менен танысты. Көргизбеге белсене қатнасқан мәкеме, шөлкем ҳәм оқыў орынларына район ҳәкимлиги атынан естелик саўғалары тапсырылды.

Соңынан Наўрыз байрамы тамашалары  Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйынындағы ат шабар майданында өткерилген миллий спорт ойынлары менен қызықлы даўам етти.

Онда республикамыздың барлық орынларынан келген қатнасыўшылар көкпар ойыны, түрли айлаўларға ат жибериў, қораз урыстырыў сыяқлы миллий ойынларда бас байрақ ушын өз-ара беллести ҳәм жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаров қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы