Тазғарада Наўрыз сейили өткерилди

Ҳәзирги күнлери елимиздиң аўыл-аймақларында халқымыздың миллий байрамы есапланған Наўрыз кең түрде белгиленбекте. Тәбияттың ояныў ҳәм жасарыў пасылы есапланған бәҳәрде өткерилетуғын бул байрам сейиллери аймақ турғынларының аўызбиршилиги ҳәм өз-ара дослығын көрсетеди.
Шымбай районы Тазғара аўыл пуқаралар жыйынында да Наўрыз тамашалары кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында көтериңки кейпиятта белгиленди.
Улыўмахалықлық байрам салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аппарат баслығы Ж. Идиятуллаев, «Ўзсаноатқурилишбанк» АКБ баслығы орынбасары Ш. Якупов ҳәм басқалар аймақ халқын Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлап, оларға өзлериниң ийгиликли тилеклерин билдирди.
Елат халқын үлкен қуўанышқа бөлеген байрамда миллий кийимлер, буйымлар ҳәм тағамлар көргизбеси шөлкемлестирилип, шүлен қазанларда сүмелек ҳәм наўрызлық гөжелер таярланды.

-Елатымызда бүгинги күни бес мыңнан аслам халқы тыныш-татыў жасамақта,-дейди Тазғара аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы Садық Ибрайымов.-Соңғы жыллары аймағымызда Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы қарарлары тийкарында көплеген унамлы ислер әмелге асырылды. Атап айтқанда, өткен жылы жыйын кеңсеси имараты жаңадан қурып берилип, шаңарақлық поликлиникамызға капитал оңлаў жумыслары жүргизилди. Ишки жолларға шағыл таслар төселип, аўыл халқына көплеген қолайлы шараятлар жаратылды. Буның ушын Президентимизге, елимиз басшыларына терең миннетдаршылық билдиремен. Пурсаттан пайдаланып, пүткил халқымызды Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен қутлықлайман. Илайым елимиз тыныш, буннан да абадан бола берсин!
Ҳәзирги күнлери районның барлық аймақларында Наўрыз сейиллери болып өтпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы