Танзила Норбоева: Коррупцияға қарсы гүресиўде қатаң, исенимли, нәтийжели, системалы илажлар көриледи

241

Сенаттың бесинши жалпы мәжилисинде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде белгилеп берилген тийкарғы бағдарлар, Сенат ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслери алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоеваның атап өтиўинше, мәмлекетимиз басшысының парламентке келип жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың ең әҳмийетли мәселелеринен бири болған коррупцияға қарсы гүресиўге пүткил жәмийетшиликтиң итибарын қаратқанынан соны аңлаў мүмкин, ҳақыйқатында да бул, улыўма миллий мәселе болып есапланады.

Тараўға байланыслы ҳуқықый тийкар беккемленди, шөлкемлестириў-институционаллық система жаратылды. Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте коррупцияға қарсы гүресиў, мәплер соқлығысыўы, мәмлекетлик пуқаралық хызмети, мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы бир пүтин нызамлар қабыл етилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм оның аймақлық структуралары, парламент палаталарында қәнигелескен комитетлер шөлкемлестирилди.

Өз жумысында тек ғана мәмлекет басшысына бойсынатуғын ҳәм парламент алдында есап беретуғын өз алдына Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилди. Әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен бирге олардың жойбарларын да коррупцияға қарсы экспертизадан өткериў институты енгизилди. Ашық-айдынлық принциплери ҳәр бир тараўда тийкарғы етип белгиленди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, банклерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структуралары (“комплаенс-қадағалаў”) жумысы жолға қойылды. Тараў ҳәм тармақларда, әсиресе, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инсан факторын азайтыўға қаратылған кең көлемли санластырыў процесслери әмелге асырылды ҳәм бул избе-излик пенен даўам еттирилмекте.

– Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында алып барылған жумыслар ҳәм ерисилген унамлы нәтийжелер ҳаққында және узақ айтыў мүмкин, – деди Т.Норбоева. – Бирақ бүгин бул иллетке қарсы гүресиў бойынша және де қатаң, және де нәтийжели, және де системалы ҳәм және де исенимли илажлар көриўди дәўирдиң өзи алдымызға қоймақта. Себеби, коррупцияға қарсы гүресиў – турақлы процесс. Буны Президентимиз де айрықша атап өтип, алдымызда турған ўазыйпаларды анық ҳәм әпиўайы етип түсиндирип берди. Енди ҳәммемиз – парламент, ҳүкимет, жергиликли кеңеслер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ҒХҚ бир болып, белгилеп берилген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўымыз, бийпәрўа болмастан жедел ҳәм интакерликти күшейтиўимиз зәрүр.

ӨзА