Жасыл мәкан улыўма халықлық ҳәрекетке айланбақта

320

Қараөзек районда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Бизден келешек әўладқа жасыл мәкан, жасыл бағ қалыўына белсене қатнасайық!» сүрени астында көклемзарластырыў жумысларына бағышланған көргизбели  семинар болып өтти.

Семинарға район басшылары, мәҳәлле жетилиги, тоғай хожалығы  қәнигелери менен аймақ турғынлары қатнасты.

Семинар даўамында қатнасыўшылар мәмлекетлик тоғай хожалығының нәлханасындағы исленип атырған жумыслар менен танысып, саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егиў бойынша арнаўлы қәнигелердиң баҳалы кеңеслерин тыңлады.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип оларға тийисли жуўаплар алды ҳәм жаңадан өзлестирилген жер майданына  200 түптен аслам терек нәллерин екти.

Буннан соң семинар қатнасыўшылары Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы Оразалы Сарсенбаев басқарған  «Жәҳәнгир Қәллибек » жеке меншик агрофирмасындағы дийқаншылық түрлери, қояншылық пенен бир қатарда ақ терек жетистириў сырлары менен танысып, өз-ара тәжирийбе алмасты.

Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында өзиниң қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, өз ыссыханасында помидор ҳәм басқа да нәллер жетистириўди жолға қойған «Дўстлик» ордениниң ийеси Генжемурат Турдымуратовтыӊ шаӊарағында болды ҳәм қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыўдың утымлы усылларын үйренди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы