Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги бес шөлкемде комплеанс қадағалаўды әмелге асырады

Корруцияға қарсы гүресиў бойынша миллий кеңес мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәжирийбе ретинде бес шөлкем –Десаўлықты сақлаў, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы, Суў хожалығы министрликлери, «Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Өзсуўтәмийнат» акционерлик жәмийетлериниң комплаенс қадағалаўын Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине өткериў тапсырмасын берди.
Ҳәпте даўамында бул мәселе бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорының биринши орынбасары Д. Раҳимов Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы, Суў хожалығы министрликлери, «Өзсуўтәмийнат» басшысы менен ушырасыўлар өткерди.

Бул илажларда коррупция ҳәм мәплер соқлығысыўы жағдайларына имкан берип киятырған факторлар, коррупцияның алдын алыўда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм артта қалыўшылықлар, тараўларда адамларды қыйнап атырған машқала ҳәм тосқынлықлар және бир мәрте сын көзқарастан көрип шығылды.
Сондай-ақ, системалардағы басшылар ҳәм хызметкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў, инсан факторы ҳәм бюрократияны және де қысқартыў, мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў бойынша биргеликтеги мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Ушырасыўлар соңында Президентимиз тәрепинен алға қойылған баслама, ўазыйпа ҳәм тапсырмалардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў бойынша әмелге асырылатуғын анық әмелий илажлар белгилеп алынды.
ӨзА